Баку қаласында болып өтип атырған СОР29 конференциясы шеңбериндеги илажларда Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң санластырыў ҳәм мәлимлеме технологиялары бойынша мәсләҳәтшиси Бабур Раҳимов басшылығындағы делегация қатнасты.
Илаж шеңберинде интерактив қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған форум шөлкемлестирилди. Илаж даўамында тараў ўәкиллери халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти. Жасыл технологияларды кеңейтиў, алдыңғы басқарыў моделлерин раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди экологиялық ҳәм социаллық турақлылыққа бейимлестириў мәселелериниң әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бул сапар Әзербайжан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәмлекетлик хызметлер ҳәм социаллық инновациялар агентлигиниң баслығы Улви Меҳдиевтиң усынысына бола әмелге асырылды. Бул форум Өзбекстан делегациясы ушын халықаралық тәжирийбе алмасыў, экологиялық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўде алдыңғы технологиялардан пайдаланыў бағдарындағы ҳәрекетлерди муўапықластырыў ушын әҳмийетли платформа болды.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА