Өзбекстан делегациясының мирәт етиўине бола БМШ Бас хаткериниң орынбасары ҳәм БМШ Қоршаған орталық бағдарламасы (UNEP) атқарыўшы директоры Ингер Андерсен Баку қаласында СОР29 шеңберинде көрсетилген Өзбекстан Миллий павильонына барды.

И.Андерсен Өзбекстан павильонына қызығыўшылық жоқары болғаны ушын арнаўлы  келгенин ҳәм Өзбекстанға сапарын үлкен тәсирлер менен еске алғанын атап өтти.

Сапар даўамында БМШ Бас хаткери орынбасары Өзбекстанға UNEP ҳәм оның структуралары менен бирге ислесиўди тереңлестириў, атап айтқанда, UNEP экологиялық конвенциялары жоқары дәрежедеги илажларды жедел баслағаны, соның менен бир қатарда, БМШ Конвенциясының орынланыўын көрип шығыў комитетиниң 21-сессиясы, Жабайы ҳайўанлардың көшип жүретуғын түрлерин сақлаў ҳаққындағы конвенция қатнасыўшылары конференциясының 14-мәжилиси ҳәм Жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниң халықаралық саўдасы ҳаққындағы конвенция қатнасыўшылары конференциясының 20-мәжилиси ушын миннетдаршылық билдирди.

И.Андерсен  COP29  көргизбесиндеги Өзбекстан павильоны мәмлекеттиң турақлы раўажланыў мәселелерин шешиўге ҳәр тәреплеме көзқарасты көрсеткенин атап өтти.

UNEP басшысы 2025-жыл 24-ноябрьден 5-декабрьге шекем Өзбекстанның Самарқанд қаласында болып өтетуғын Жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниң халықаралық саўдасы ҳаққындағы конвенция қатнасыўшыларының 20-конференциясына мирәт етилди.

Муҳайё Тошқораева,  ӨзА