Нуриддинжон Исмоилов Спикер сыпатында парламентти халыққа жақынластырыў ҳәм нызам дөретиўшилигин жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында сезилерли нәтийжелерге ерискен басшылардан бири. Оның ҳуқықтаныўдағы терең билимлери ҳәм сиясий тәжирийбеси парламентте анық ҳәм нәтийжели жумыс системасын қәлиплестирди.
Парламент жумысының айырым табысларында Н.Исмоиловтың ис-ҳәрекетлери жоқары болды. Соның ишинде:
– жәмийетшилик пенен ашық ҳәм конструктивлик байланыс орнатылды. Төменги палата мәжилислериниң тиккелей эфирге узатылыўы жолға қойылды;
– 60 тан артық мәмлекетлер менен парламентлераралық бирге ислесиў жолға қойылды;
– парламент қадағалаўы және де нәтийжели шөлкемлестирилди. Бул арқалы мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилиги артыўына ерисилди;
– тиккелей ислейтуғын нызамларды ислеп шығыў системасы жолға қойылды, бул болса әмелиятта оператив нәтийжелер беретуғын нызамлар қабыл етиўге жәрдем берди.
Исмоиловтың және бир мүддетке Спикер етип сайланыўы – парламенттиң нәтийжелилигин және арттырыў, халықшыл нызамлар қабыл етиў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланыўы керек.
ӨзА