«2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызам жойбарына бола, бюджет қаржыларын бөлистириўде барлық тараўлар қатары социаллық бағдарларға кең орын берилген.
Соның ишинде, билимлендириў тараўына 84,3 триллион сум қаржы қаратылыўы нәзерде тутылған. Бул қаржылар жәми Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң дерлик 25 процентин қурап, бул 2024-жылға қарағанда 13,2 триллион сумға көп. Атап айтқанда, улыўма билимлендириўге 54 триллион сум, мектепке шекемги билимлендириўге 15,8 триллион сум сондай-ақ, жоқары ҳәм орта-арнаўлы билимлендириўге 14,5 триллион сум қаржы ажыратылыўы режелестирилген.
Ажыратылып атырған бул қаржылар билимлендириўдиң сапасын және де жақсылаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў ушын қаратылады. Улыўма билимлендириў мектеплеринде оқыўшылардың саны 2025-жылдың 1-сентябрь жағдайына дерлик 6 миллион 800 мыңға жетиўи нәтийжесинде 1,1 триллион сумға шамалас қосымша қәрежетлер қаратылады.
Улыўма билимлендириў тараўына бюджеттен ажыратылып атырған қаржылардың жылдан-жылға көбейтилиўи себепли келеси жылы улыўма билимлендириў мектеплеринде бир оқыўшыға туўра келетуғын жыллық қәрежетлер муғдары 7 миллион сумды қураўы күтилмекте.
Сондай-ақ, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланыўшы 1,4 миллион балаларды ата-аналар тәрепинен төленетуғын төлемнен тысқары азық-аўқат қәрежетлерин қаплаў ушын бюджеттен 2,5 триллион сумға шамалас ямаса 2024-жылға 15 процентке көп қарды ажыратыў режелестирилмекте.
Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик грант тийкарында оқыйтуғын студентлердиң саны 197,5 мыңға жеткерилиўи итибарға алынып, 2025-жылы билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларын қаржыландырыў ушын 10,7 триллион сум, яғный, 2024-жылдан 11 процентке көп қаржылар ажыратылыўы нәзерде тутылмақта.
Келеси жылға мөлшерленген мәмлекетлик бюджет жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде көрип шығылып, додалаўлар даўамында депутатлар класс ханалардағы балалар санын белгиленген нормалар тийкарында оптималластырыў, мектеп китапханаларын көркем ҳәм илимий китаплар менен байытыў, мектеплердеги компьютер классларын заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинлеў, жаңадан мектеплер қурыў сыяқлы мәселелер бойынша өз қатнасықларын билдирди.
М.Комилова,
ӨзА