Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң жуўапкерлери ҳәм Азия раўажланыў банки делегациясы арасында бирге ислесиў имканиятларына бағышланған ушырасыў өткерилди.
Онда инновациялық қаржыландырыўды стратегиялық қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик (МЖШ) жойбарларын әмелге асырыў ҳәм оларда «жасыл» принциплерден пайдаланыў мәселелери ҳаққында сөз болды.
Сөйлесиў ўақтында турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетти раўажландырыўға жәрдем бериўши ҳәр қыйлы ресурс ҳәм қатнасларға итибар берилди. Сондай-ақ, МЖШ арқалы инвестицияларды қоллап-қуўатлаў басламалары ҳәм Өзбекстан менен АРБ арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын үйрениў мәселелери де көрип шығылды.
Онда тийкарғы бағдарлар додаланып, АРБ ҳүкимет қарасларын техникалық экспертиза ҳәм мәсләҳәт жәрдеми арқалы қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, ушырасыў соңында мәмлекеттиң қаржы-экономикалық системаларын жетилистириў ушын стратегиялық шешимлерди әмелге асырыў ҳәм тәреплер бул бағдарда бирге ислесиўди және де беккемлеўге келисип алды.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзА