Бизге белгили, Япония билимлендириў бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен дүньядағы жетекши мәмлекетлерден бири болып есапланады. Соның ушын күн шығыс ели менен бул тараўда бирге ислесиўди раўажландырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм студентлер алмасыўын жолға қойыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Япония мәмлекетлик университетлери ассоциациясының президенти, Сукуба университети басшысы Нагата Кёсуке басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапары да ҳәзирги шерикликтиң үзликсиз даўамы болып есапланады.

Мийманлар Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов пенен ушырасыў өткерди. Қызғын руўхта өткен сөйлесиўде биргеликтеги жоқары билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў перспективасы додаланды.

Тәреплер билимлендириў ҳәм илим тараўындағы өз-ара пайдалы байланысларды жоқары баҳалады. Соның менен бирге биргеликтеги жумысларды және де раўажландырыў жоллары көрип шығылды.

Соңында Өзбекстан билимлендириў системасының раўажланыўына үлес қосатуғын жаңа халықаралық университет шөлкемлестириў бойынша дәслепки келисимге ерисилди. Жойбар ушын зәрүр техникалық-экономикалық тийкар ислеп шығыў мақсетинде жумысшы топар дүзиўге қарар етилди.

Г.Сатторова, ӨзА