Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерди сыйлықлаў ҳаққында

762

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимизде жәмийетлик қәўипсизликти, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм  турақлылықты беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, профилактика жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың хуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы айрықша хызметлери, муқаддес антына садық болып, абырайлы ўазыйпасын орынлаўда мәртлик ҳәм қаҳарманлық үлгисин көрсеткени, тараўда профессионал кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы ислери ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

                                          «Шуҳрат» медалы менен

Казахбаев Малик Пердебаевич- Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы патруль-пост хызмети инспекторы

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл  23-октябрь