ӨзЛиДеП тен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Ахмет Реймовтың гезектеги ушырасыўы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары менен болып өтти.

Ушырасыўда университеттиң экономика факультети профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Талабанның исенимли ўәкили  депутатлыққа талабанның мийнет жолы, усы күнге шекемги алып барған жумыслары ҳәм сайлаўалды  бағдарламасы менен жақыннан таныстырып өтти. Сондай-ақ партияның 5 мақсет 500 ўазыйпаны өзинде жәмлеген сайлаўалды бағдарламасы бойынша да жасларға кеңирек мағлыўматлар берилди.

– Халықты исбилерменликке тартыўдың мәҳәлле кесиминде ислесиў бағдарламаларын ислеп шығыўды партиямыз өзиниң ең әҳмийетли ўазыйпасы етип белгилейди,-дейди А.Реймов. – Исбилерменликтиң ғалаба ен жайыўына, жумыссызлықтың азайыўына ерисиледи.

Кәсип-өнерге оқытыўдың көлеми ҳәр жылы еки есеге арттырылып, бес жылда кеминде 1 миллион пуқара базары бар кәсиплерге оқытылады.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Сондай-ақ талабанның ушырасыўы Нөкис қаласындағы Жуўазшы мәкан пуқаралар жыйынында да даўам етти.

Талабан менен биргеликте партия хызметкерлери де үйме-үй жүрип, партияның ҳәм талабанның сайлаўалды бағдарламасы менен жақыннан таныстырып, флаер ҳәм буклетлери тарқатылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги