Албанияның Тирана қаласында өткерилип атырған грек-рим гүреси бойынша жәҳән чемпионатында 19 жастағы палўан Алишер Ғаниев 23 жасқа шекемги спортшылар арасында алтын медальды жеңип алып, Өзбекстан тарийхына кирди.

-60 кг салмақта финалға шекем жетип келген ол, жәҳән чемпионлығы ушын шешиўши беллесиўде нейтрал байрақ астында жарысқа қатнасып атырған россиялы Динислом Бамматовты 8:4 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы