Албанияның Тирана қаласында өткерилип атырған грек-рим гүреси бойынша жәҳән чемпионатында 19 жастағы палўан Алишер Ғаниев 23 жасқа шекемги спортшылар арасында алтын медальды жеңип алып, Өзбекстан тарийхына кирди.
-60 кг салмақта финалға шекем жетип келген ол, жәҳән чемпионлығы ушын шешиўши беллесиўде нейтрал байрақ астында жарысқа қатнасып атырған россиялы Динислом Бамматовты 8:4 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы