Салық жеңилликлериниң берилиўи тараўдың және де раўажланыўына, тармақта бәнтлик дәрежесиниң артыўына жол ашады.

Пиллешилик тараўын және де раўажландырыў, тут атызларын шөлкемлестириў ҳәм наўқан қуртын бағыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Пиллени қайта ислеў, наўқан қурты туқымгершилиги ҳәм тутшылық хожалықларының жумысы жолға қойылған. Тараўда 108 мың турақлы ҳәм 1 миллионнан артық мәўсимлик жумысшылардың бәнтлиги тәмийинленбекте.

Салық кодексиниң 483-статьясына 2023-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекемги дәўирде физикалық тәреплердиң үй шараятында тири пилле жетистириў (жумысты үйге бөлип алып ислеў) жумысынан алынған дәраматлары физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етилиўин нәзерде тутыўшы қосымша киргизилмекте.

Бул Сенаттың жалпы мәжилисинде көрип шығылған «Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 483-статьясына пиллешилик тармағын және де раўажландырыўға қаратылған қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызамда нәзерде тутылған.

Нызамға бола, пилле жетистириўши юридикалық тәреплердиң үй шараятында тири пилле жетистириўши жумысты үйине бөлип алып ислеўшилердиң мийнетине ҳақы төлеўге қаратылған қаржылары ҳәм босаған қаржыларды жумысты үйине бөлип алып ислеўшилерди материаллық хошаметлеўге қаратыў шәрти менен социаллық салықтан азат етиледи.

Нызамда пилле жетистириў тараўында  азық-аўқат базасы сыпатында пайдаланылатуғын тут атызлары менен бәнт болған жер участкалары ушын жер салығы халық депутатлары район (қала)лық кеңеслери белгилеген салық ставкаларына салыстырғанда 0,1 коэффициент қолланылған ҳалда есаплап шығарылыўы белгиленбекте.

Сенаторлар мақуллаған нызам пиллешилик тармағын және де раўажландырыў, тараўда өндирис көлемин, таяр өнимниң үлесин ҳәм экспорт потенциалын арттырыў имканиятын береди.

Н.Абдураимова,

Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА