Билимлендириў системасын жетилистириў, илимий изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм инновациялық идеяларды әмелге асырыўда мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе. Әсиресе, ҳәр бир мәмлекет өзиниң билимлендириў ҳәм  илимий изертлеўлердеги жетискенликлерин басқаларға усыныс етиў арқалы улыўма билим ҳәм тәжирийбени байытады.

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўнғиротбой Шарипов Иран Ислам Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Муҳаммадали Искандарий менен ушырасты. Сөйлесиўде еки мәмлекет арасындағы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бирге ислесиў мәселелери атап өтилди.

Өзбекстанда илим ҳәм технологиялардың раўажланыўы, илимий-изертлеў тараўындағы жетискенликлер ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарында ерисилген нәтийжелер атап өтилди. Әсиресе, мәлимлеме технологиялары, аўыл хожалығы, климат өзгериўи, суўдың үнемлениўи ҳәм ирригация технологиялары бағдарларында алып барылып атырған изертлеўлер ҳәм әмелий жойбарлар таңлаўының жетискенликлери атап өтилди.

Еки мәмлекеттиң илимпазлары арасында илимий жойбарларды даўам еттириў ҳәм жас илимпазлардың алмасыўы үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, Өзбекстанлы жас  илимпазлар ушын Иранның алдынғы жоқары билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде қысқа мүддетли стажировка бағдарламаларын даўам еттириў, халықаралық илимий форумлар ҳәм  конференцияларда биргеликте қатнасыў мәселелери де додаланды.

Елши  Муҳаммадали Искандарий технологиялар, жоқары билимлендириў ҳәм илимий  мәкемелер арасындағы бирге ислесиўди және де жеделлестириў әҳмийетли екенлигин айтып, бул усынысларды әмелге асырыўда өз-ара ҳәрекетлерди күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Соның менен бирге, Тегеранда өткерилетуғын халықаралық  көргизбеде Өзбекстан ўәкиллерин қатнасыўға мирәт етти.


М.Ҳожиакбарова, ӨзА