Қазақстан Бас министри Олжас Бектенов Өзбекстан – Қазақстан регионлараралық бизнес форумында қатнасыў ушын 21-октябрь күни елимизге келди.

Жоқары мәртебели мийманды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

Тийкарғы илажлар 22-октябрь күни Самарқанд қаласында болып өтеди. Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлериниң басшылары еки мәмлекет исбилерменлериниң форумында қатнасады. Сондай-ақ, олар еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм келешегин додалаўы нәзерде тутылған.

Қазақстан Бас министри Самарқандқа сапары даўамында қаладағы тарийхый-мәдений естеликлер, дыққатқа ылайық орынлар менен де жақыннан танысыўы режелестирилген.

ӨзА