Қырғыз Республикасының пайтахты Бишкек қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң экономика ҳәм саўда министрлериниң 13-мәжилиси болып өтти.
Қазақстан ҳүкимети баспасөз хызметиниң хабарына бола, мәжилисте Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Өзбекстан, Қырғыз Республикасы ҳәм Венгрия мәмлекетлеринен министрлер қатнасты.
Ушырасыўдың тийкарғы темасы ТМШға ағза мәмлекетлердиң келешектеги бирге ислесиўин беккемлеў ҳәм экономикалық раўажландырыў мәселелери болды.
ТМШ мәмлекетлериниң барлық министрлери Қазақстанның «Жасыл қаржы» бойынша кеңес, сондай-ақ, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң Орайлық (миллий) банклери кеңесин шөлкемлестириў басламаларын қоллап-қуўатлады.
Еслетип өтемиз: экономика ҳәм саўда министрлериниң гезектеги мәжилиси Түркстанда болып өтеди, ол жерде «Туран» арнаўлы экономикалық зонасының ашылыўы режелестирилген.
Г.Сатторова, ӨзА