Самарқандта Қатар пуқаралық авиациясы басқармасы (ҚСАА) Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлери пуқаралық авиациясының жуўапкерлери менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда авиация тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм келешектеги стратегиялық шериклик мәселелери бойынша пикир алысылды. Мәмлекетлер арасында турақлы қатнаўларды жолға қойыў ҳәм жолаўшыларға жоқары сапалы, қәўипсиз хызмет көрсетиў бойынша биргеликте әмелге асырылатуғын илажлар белгилеп алынды.
Самарқанд ушырасыўлары шеңберинде «Өзавиация» агентлиги ҳәм Қатар мәмлекети авиация ҳәкимшилиги ўәкиллериниң арасында еки тәреплеме ушырасыў да болып өтти.
Сөйлесиўде тәреплер инспекторларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, халықаралық ҳаўа транспортын раўажландырыў, еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў, ИКАО аудитине таярлық көриў, өткериў бойынша тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиў мәселелери бойынша келисип алды.
Сондай-ақ, тәреплер Өзбекстан ўәкиллериниң Қатар ҳүкиметиниң грант бағдарламалары тийкарында метеорология, ҳаўадағы ҳәрекетти басқарыў, ушыўшылық ҳәм инженерлик бағдарларында авиация қәнигелерин таярлаў бағдарламаларында қатнасыў мәселелерин додалады.
Ғ.Ҳасанов, ӨзАның хабаршысы