Елимизде болып турған Оман Султанлығы исбилерменлери делегациясының қатнасыўында пайтахтымыздағы халықаралық Нордик университетинде Өзбекстан – Оман бизнес форумы болып өтти.
Әнжуманда ҳәр еки мәмлекеттиң тийисли уйымлары, Оманның жетекши компаниялары басшылары, сондай-ақ, республикамиз бизнес субъектлери ўәкиллери қатнасты. Оларға өз-ара сөйлесиўлер өткериў, жергиликли базар ҳәм инвестиция потенциалы бойынша мағлыўмат алмасыў ушын қолайлы имканият жаратылды.
– Оқыў дәргайымызда тек билимлендириў емес, ал бизнес орталығын да қәлиплестириў, биргеликтеги жойбарларда қатнасыў, қалаберди, Масқат университети менен студентлер алмасыўы, бирге илимий изертлеў алып барыў бойынша келисип алыў имканияты жаратылды, – деди университет ректоры Шерзод Мустафоқулов. – B2B ушырасыўлары да өткерилди. Ойлайман, бүгинги ушырасыў нәтийжесинде тәреплер көплеген өз-ара нәтийжели байланыслар орнатыўға ериседи.
Қатнасыўшылар сырт ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй технологияға тийкарланған биргеликтеги саўда объектлерин жаратыў, жоқары тәжирийбели кадрлар алмасыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларды да талқылады.
– Илаж жаңа глобал шараятта ҳәр еки мәмлекет ўәкиллерин анық мақсет жолында бирлестиретуғынына исенемен, – деди Оман Султанлығының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм мухтар елшиси Вафо бинт Жабр Носир Ал-Бусаидий. – Оманлылардың быйылғы сапары шеңберинде Самарқанд ҳәм Бухарадағы жоқары билимлендириў орынлары менен де шерикликти жолға қойыў режелестирилген. Бизнес форумда туризм, нефть-газ, химия, энергетика ҳәм электротехника санааты, азық-аўқат, қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў бойынша қаржылай бирге ислесиў көлемин кеңейтиў, өз-ара саўданы раўажландырыў ушын кең имканият бар екенине итибар қаратылды.
Бизнес-форумда «Al Khonji Group» LLC басқарыў кеңеси баслығы Халил Ал-Хонжий, «Arabian Industries» SAOC атқарыўшы директоры, Оманның бир қатар ўәлаятларындағы мийманханалар ийеси Амир Ал-Сулаймоний республикамыздағы медицина орынлары ҳәм медициналық үскенелер ислеп шығарыўшы ширкетлер менен бирге ислесиўге қызығыўшылық билдирди. Сондай-ақ, елимизде мийманхана бизнесин жолға қойыў усынысы алға қойылды.
«General electric & Trading» Co LLC басқарыў кеңеси баслығы Муртазо Ҳасан Али өз бизнес тәжрийбеси менен ортақласты. Ол электротехника өнимлерин ислеп шығарыўшыларды бирге ислесиўге шақырды.
Жуўмағында Халықаралық Нордик университети ҳәм Масқат университети арасында өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Муҳаррама ПИРМАТОВА,
ӨзА хабаршысы