Кеше Исламабадта Пакистан басшылығында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Ҳүкимет басшылары кеңесиниң 23-мәжилиси болып өтти. Илаж қатнасыўшылары ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша ерисилген нәтийжелерди унамлы баҳалап, тийкарғы бағдарларда ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўди және де раўажландырыўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыўдың жуўмағы бойынша 8 ҳүжжет, соның ишинде Биргеликтеги коммюнике, Көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы, сондай-ақ, 2025-жыл ушын бюджет ҳаққындағы қарарға қол қойды.
ӨзА