Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы илажлар басқышпа-басқыш әмелге асырылып келинбекте. Бул әҳмийетли сиясий процесс ҳаққында сайлаўшылардың хабардарлығын арттырыў ҳәм оларды қызықтырған сораўларына толық жуўап алыўын шөлкемлестириў әҳмийетли болып есапланады.
Соның ушын сайлаў кампаниясы дәўиринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлериниң нәтийжели көрип шығылыўын, сондай-ақ, пуқараларға сайлаўға байланыслы мәселелер бойынша оператив ҳәм қолайлы түрде ҳуқықый түсиник ҳәм мәсләҳәтлер берилиўин шөлкемлестириў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы жанында «Call-center» иске қосылды.
Сайлаўшылар «Call-center» арқалы сайлаў процесслерине байланыслы өзлерин қызықтырған барлық сораўларға жуўап алыўы ҳәм мүрәжатлерин жоллаўы мүмкин. Оның ушын «Call-center»диң 1200 қысқа номерине бийпул түрде қоңыраў етиў жетерли. «Call-center»ге маман қәнигелер, ҳуқықтаныўшылар тартылған болып, олар турақлы түрде сайлаўшыларға жуўап берип барады.
М.Комилова, ӨзА