Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда сайлаўларды өткериўде жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, сайлаў округлери ҳәм участкаларының аймақларын айрықша жағдайлардан қорғаў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, сайлаў комиссиялары жайласқан имаратларды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў илажлары ҳәм басқа да шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, алдымызда турған сайлаўды өткериўде жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Cайлаў күни тыныш ҳәм турақлы болыўы сайлаўшылардың даўыс бериўин еркин, қәлеўли ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында әмелге асырыў имканиятын береди.

Усы мүнәсибет пенен мәжилисте Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Энергетика министрлигиниң басшылары тәрепинен сайлаўларға таярлық көриў дәўиринде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлемелер берилди.

Атап өтилгениндей, қәўипсизлик ҳәм тәртипти сақлаў мақсетинде жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен сайлаў участкаларының имаратлары әтирапына қосымша 332 видеобақлаў камералары, 528 имаратқа жақтыландырыў үскенелери орнатылды. Барлық имаратларға алып баратуғын жоллар тексериўден өткерилди. 270 имарат әтирапында автомобиль турыў орынлары шөлкемлестирилди. Барлық аймақта сайлаў күни жәмийетлик тәртип ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Мәжилисте Айрықша жағдайлар министри орынбасараның берген мағлыўматына бола, барлық сайлаў участкаларының өртке қарсы жағдайы тексериўден өткерилген. 450 инде профилактикалық тексериў шөлкемлестирилген ҳәм қосымша түрде 664 имарат өртти өшириў басланғыш қураллары менен тәмийинленген.

Соның менен бирге, Энергетика министрлиги тәрепинен сайлаў күни комиссиялардың имаратларын үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў илажларының көрилгени мәлим етилди.

Мәжилисте жуўапкерлердиң мәлимлемелерин инабатқа алған ҳалда Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен болажақ сайлаўларды өткериў дәўиринде жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, айрықша жағдайлардан қорғаў, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң 108 ўәкиллери халықаралық бақлаўшы сыпатында аккредитациядан өткерилди, аймақлық сайлаў комиссияларының сайлаўға таярлық жумыслары бойынша мәлимлемелери тыңланды. Көрип шығылған барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА