Бүгинги күнде дүнья халқының үштен бир бөлегин жаслар қурайды. Ал, Өзбекстанда жасаўшы халықтың 18 миллионнан асламын жас аўлад ўәкиллери қурайды.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде билимли жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар илажлар алып барылмақта. Соның ишинде, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў баслы ўазыйпа етип белгиленген.
Тақыятас районында да жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде көплеген илажлар әмелге асырылмақта.
– Районымызда жәми 14 мәҳәлле болып, бәнтлиги тәмийинлеген жаслардың саны 466 мыңды қурайды. Солардан 101 жас турақлы жумыс орынларына жайластырылған, 96 жас кәсип-өнер ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытылмақта, 46 жас субсидия тийкарында әсбап-үскене ажыратыў арқалы ҳәм 70 жасқа аўыл хожалығында 56 гектарлық жер майданы ажыратылып бәнтлиги тәмийинленген,-дейди Тақыятас районлық Жаслар ислери бөлиминиң бас қәнигеси Е.Халмуратов. – Соның менен бирге, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын 145 жасқа кредит ажыратылып, 5 жас әскерий хызметке жиберилген.
Жасларға жаратылған бундай шараятлар олардың турмыстан өз орнын табыўына, кәмил инсан болып жетилисиўине үлкен имканият жаратады, әлбетте. Районда бул бағдардағы илажлар нәтийжели даўам етпекте.
Х.Турсынғалиева, А.Нуратдинова,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.