Транспорт министриниң орынбасары Жасурбек Чоирев «Hyundai Rotem» компаниясының «Глобал Rail Group» басшысы Квак Чол Хун басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында тәреплер заманагөй электропоездларды ислеп шығарыўды локализациялаў жойбары бойынша пикир алысқан.

Соның ишинде, Қубла Кореяның KORAIL компаниясы тәрепинен ҳәзирги күнде эксплуатацияланып атырған электропоездлар түрин «Ташкент жолаўшы вагонларды қурыў ҳәм оңлаў заводы» АЖда локализациялаў арқалы ислеп шығарыў усынысы бойынша презентация өткерилди.

Локализациялаў тийкарында ислеп шығарыў усыныс етилип атырған электропоездлардың тийкарғы техникалық өзгешеликлери бойынша мағлыўматлар берилген.

Ушырасыў соңында тәреплер жойбар бойынша қосымша имканиятларды үйрениў, усынысларды таллаў ҳәм жаңа өндирис аймақларын көзден өткериўди келисип алды.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ Қубла Кореяның «Hyundai Rotem» компаниясы менен тийисли шәртнамаға қол қойғаны ҳәм дерлик 200 миллион долларға алты тез жүретуғын поезд сатып алып атырғанын мәлим еткен.

Ш.Маматуропова,

ӨзА