Прокуратура уйымларында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 8-июльдеги пәрманы менен халықаралық бирге ислесиў раўажланбақта.
Бас прокурордың орынбасары – Департамент баслығы Шамсиддин Соҳибназаров басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Әзербайжан Республикасы Шуша қаласында болып өтип атырған Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң қаржы разведкасы бөлимлериниң форумында қатнасты.
Усы халықаралық илажда 7 мәмлекеттен (Венгрия, Әзербайжан, Түркия, Түркменстан, Қазақстан ҳәм Қырғыз Республикасы) барған қаржы разведкасы бөлимлери ҳәм бир қатар халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Форумда қатнасыўшылар тәрепинен дәраматларды легалластырыў ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиўде қаржы разведкасы бөлимлери жумысына алдынғы технологиялар ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў мәселелери додаланды ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасылды.
Буннан тысқары, форум шеңберинде Өзбекстан делегациясының Әзербайжан Республикасы Қаржы мониторинги хызметиниң баслығы Заур Фатизада менен еки тәреплеме ушырасыў шөлкемлестирилип, уйымлараралық бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде келисим меморандумына қол қойылды.
Өзбекстан делегациясының усы форумға қатнасыўы көп тәреплеме уйымлараралық бирге ислесиўдиң және де раўажланыўына ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыўға хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА