Салық комитетиниң баслығы Шерзод Кудбиев басшылығындағы делегация әмелий сапар менен АҚШта болып турыпты.
Сапар шеңберинде Вашингтонда Халықаралық валюта қорының (ХВҚ) Фискал мәселелер бойынша департаменти директорыниң орынбасары Катерина Баер басшылығындағы ХВҚ ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Сырт елли экспертлер Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады, соның ишинде, салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм салық системасының ашық-айдынлығын арттырыў бойынша көрилип атырған илажлардың әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Салық комитети басшылығы ХВҚға жақында жәрияланған қор экспертлериниң мәмлекетимизге сапарының жуўмақлары ҳаққындағы есабат ҳәм ондағы усыныслар ушын миннетдаршылық билдирди.
Экспертлердиң жәрдеми салық реформаларын әмелге асырыўда әҳмийетли орын тутады ҳәм салық системасын шөлкемлестириўге хызмет етеди.
Өзбекстан ХВҚ турақлы сырт елли мәсләҳәтши усыныс етип атырған 5 мәмлекеттен орын алғаны ҳәм тығыз бирге ислесиў және исенимнен дәрек береди.
Сөйлесиўде ХВҚ қәнигелери салық ҳәкимшилигин жақсылаў ҳәм жасырын экономика үлесин азайтыўға жәрдем беретуғын бир қанша әҳмийетли мәселелерге итибар қаратты. Олардан бири – салық қадағалаўын, әсиресе, ҚҚС қайтарыў (қаплаў) бойынша қадағалаўды күшейтиў зәрүрлиги болып есапланады.
Сондай-ақ, айырым мәмлекетлерде салық салынатуғын базаны товар (хызмет)дың базар баҳасынан келип шығып белгилеў әмелияты бар екенлиги, бул болса салыққа тартыўдың әдиллигин арттырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Қәнигелердиң пикиринше, экономикаға рәсмий емес сектордың үлесин азайтыў жолларынан бири есап-санақларда нақ пулсыз төлемге өтиўди хошаметлеў болып есапланады.
Бул салыққа байланыслы хуқықбузарлықларды азайтыў ҳәм салық түсимлерин арттырыўға жәрдем береди.
Ш.Маматуропова, ӨзА