“QNA” мәлимлеме агентлиги Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Умидбек Сафаров Қатар Палатасы баслығының биринши орынбасары Муҳаммад бин Аҳмад бин Товар Ал-Куварий менен ушырасқанын сәўлелендирди.

Мақалада еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық ҳәм қаржы байланысын тереңлестириў перспективасы додаланғаны, инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, өнимлеримизди усы араб мәмлекети базарына бағдарлаўды диверсификациялаў мәселеси көрип шығылғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, сөйлесиў даўамында 11-12-ноябрь күнлери Доха қаласында еки мәмлекет исбилермен топарларының қатнасыўында Өзбекстан-Қатар бизнес форумын, B2B форматындағы ушырасыўларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм илажға еки мәмлекет жетекши компанияларын кеңнен тартыў мәселеси де көтерилген.

Тәреплер бул илаж көп тәреплемели шериклик көлемин және де кеңейтиўге күшли түртки беретуғыны, өз-ара байланысты жетилестиретуғыны, исбилерменлер арасындағы байланысты беккемлеўде жаңа бет ашатуғынына исеним билдирди.

                                                                                                                    ӨзА