Өзбекстан кадастр агентлиги делегациясы Женевада болып өткен БМШ ЕЭК Жер ҳәкимшилиги, турақ жай ҳәм қала қурылысы комитетиниң 85-сессиясында қатнасты.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Европа Экономикалық Комиссиясының (БМШ ЕЭК) Жер ҳәкимшилиги, турақ жай ҳәм қала қурылысы комитетиниң мирәт етиўине бола,  Өзбекстан кадастр агентлиги директоры Ф.Пулатов басшылығындағы делегация Женевада болып өткен БМШ ЕЭК Жер ҳәкимшилиги, турақ жай ҳәм қала қурылысы комитетиниң 85-сессиясында қатнасты, деп хабар берди агентликтиң баспасөз хызмети.

Атап өтилиўинше, сессияда:

– жер ҳәм мүлкти басқарыў сиясатын жетилистириў бойынша өткерилген семинар ҳәм вебинарларды додалаў:

– жер мағлыўматларының қәўипсизлиги, жерди  басқарыў ҳәм экосистемалардағы шақырықлар;

– нызамсыз қуралмаларды рәсмийлестириў бағдарында әмелге асырылған ҳәм режелестирилип атырған илажларды додалаў;

– жер ҳәм турақ жай мағлыўматларын басқарыў бойынша мәмлекетлердиң профиллерин дүзиўдиң ҳәзирги жағдайы, 2025-2026 –жылларда жер, турақ жай ҳәм қала қурылысы бойынша профиллериниң жаратылыўы таңлап алынған мәмлекетлерди жәриялаў мәселелери орын алды.

Сондай-ақ, сессиясада Өзбекстанда жер ҳәкимшилиги, соның ишинде, санластырыўда әмелге асырылған реформаларға бағышланған презентация өткерилди.

Сапар шеңберинде БМШтың Жерди басқарыў бойынша жумысшы топарының баслығы Виктория Эббот, Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниң жер, геодезия, кадастр ҳәм қурылыс тараўлары бойынша жуўапкер уйым басшылары, академиялық дөгерек ўәкиллери  менен өз-ара сөйлесиў ҳәм ушырасыўлар болып өтти.

ӨзА