«Ар-Рая» басылымы Қатар музейлери қайырқомлық кеңесиниң баслығы Шайха Ал-Маясса бинт Ҳамад Ол Соний Өзбекстан Президенти жәрдемшиси Саида Мирзиёева менен ушырасып, Бибиханым мешитин оңлаў жумысын додалағаны ҳаққында жазды.

Мақалада Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры ҳәм «Аға Хан Траст» мәденият фонды ҳәм Қатар раўажланыў қоры арасында бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылғаны атап өтилген.

– Самарқанд қаласындағы Бибиханым мешитин тиклеў бойынша келисимге ерисилгенинен қуўанышлыман,-деди Шайха Ал-Маясса бинт Ҳамад Ол Соний. – Бул шериклик өзбек халқының бай мәдений мийрасын келешек әўладлар ушын сақлап қалыўға үлес қосады.

Еслетип өтемиз, быйыл май айында Елши Ашраф Ходжаев Қатар раўажланыў қоры (QFFD) бас директорының орынбасары Султан Ал-Асийрий менен ушырасқан еди.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА