Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен «Замин таўлары» миллий тәбийғый мийрас объектиниң дәслепки талабанлыққа усыныс ҳүжжети таярланып, ЮНЕСКО жумыслары бойынша Өзбекстан Миллий комиссиясына жиберилди. Талабанлыққа усыныс ЮНЕСКО Пүткил жер жүзилик мийрасы орайына усыныс етиледи.
Бул Экология министрлигиниң қәнигелери, «Ҳ.М.Абдуллаев атындағы Геология ҳәм геофизика институты» мәмлекетлик мәкемеси, Илимлер академиясы Зоология ҳәм Ботаника институтлары ҳәм Өзбекстан Миллий университети изертлеўши-экспертлеринен ибарат Жумысшы топар тәрепинен таярланған.
Министрликтиң мағлыўматына бола, Замин мәмлекетлик қорықханасы ҳәм Замин миллий тәбият бағына әмелге асырылған экспедициялар даўамында алынған илимий мағлыўматлар усыған тийкар болған.
«Замин таўлары» Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерисилгеннен берли ЮНЕСКО Пүткил жер жүзилик мийрасының дизимине талабан ретинде усыныс етилип атырған биринши миллий тәбийғый мийрас объекти болып есапланады.
Ҳәзирге шекем бул дизимге трансшегаралық тәбийғый объектлер – Батыс Тян-Шан таўы (2016-жылы Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан тәрепинен) ҳәм Туран саҳралары (Үстирт платосы/2023-жылы Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Түркменстан тәрепинен) киргизилген.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз аймағындағы Чатқал биосфера қорықханасы 1978-жылы ҳәм Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера қорықханасы (2021-жылы) ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик биосфера резерватлары тармағынан орын алған.
Қабыл етилген талабанлыққа усыныслар ЮНЕСКО нормаларына муўапық еки жыл ишинде көрип шығылады.
А.Рустамов , ӨзА