Сайлаўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеўде ғалаба хабар қураллары әҳмийетли орын ийелейди. Соның ишинде, олар арқалы пуқаралар өз сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыў, сайлаўда қатнасып атырған ҳәр қыйлы сиясий партиялар ҳәм талабанлардың сайлаўалды бағдарламаларының тийкарғы бағдарларынан хабардар болыў имканиятына ийе болады.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери сайлаўға таярлық жумысларын бақлап барыў, оны өткериўге байланыслы барлық илажларда қатнасыў ушын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен аккредитациядан өткериледи.
Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм сырт ел бақлаўшыларын аккредитациядан өткериўге байланыслы мәселелер көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, ҒХҚ ўәкиллери сайлаў кампаниясы дәўиринде әдил ҳақыйқый мәлимлемелерди кең, оператив ҳәм еркин тарқатыў, сондай-ақ, өз жумысын Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте шөлкемлестириўи ушын аккредитациядан өткериледи. Ғалаба хабар қуралы сайлаўға кеминде он күн қалғанына шекем Орайлық сайлаў комиссиясына өз ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққында мүрәжат етиўи мүмкин.
Быйыл 27-октябрь күни мәмлекетимизде болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы илажларда қатнасыў ушын сырт ел ҳәм жергиликли ҒХҚ ўәкиллериниң аккредитациясы бойынша мүрәжатлери пүткиллей жаңа тәртипте «E-saylov» мәлимлеме системасы арқалы электрон түрде усынылмақта.
Итибарлы тәрепи, аккредитация бойынша мүрәжатлер тек ғана электрон түрде емес, ал әпиўайыластырылған тәртипте жиберилмекте. Атап айтқанда, ендигиден былай мүрәжат пенен бирге ҒХҚның мәмлекетлик дизимнен өткени ҳаққындағы гүўалық нусқасы, хызметкердиң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетиниң нусқасы, ҒХҚ ўәкилин аккредитациядан өткериў анкетасы ҳәм электрон фотосүўретин усыныў зәрүрлиги қалмады.
Бул мағлыўматлардың барлығы уйымлараралық интеграцияласқан платформа арқалы «E-saylov» мәлимлеме системасында автомат түрде қәлиплестирилмекте. Бул болса аккредитациядан өтиў процесслеринде ҒХҚлар ушын қосымша қолайлық жаратады ҳәм сайлаўлардың және де ашық-айдынлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен «E-saylov» мәлимлеме системасына келип түскен мүрәжатлерге бола 7 ғалаба хабар қуралының, атап айтқанда, 1 телерадиоканал, 4 баспа, 2 интернет басылымының жәми 42 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Аккредитация гүўалықлары да система арқалы автомат түрде жаңа заманагөй көринисте қәлиплестирилди ҳәм ҒХҚ ўәкиллерине берилди.
ҒХҚ ўәкиллери сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық илажларды жарытыўы, сайлаў комиссияларының мәжилислеринде қатнасыўы, талабанлар көрсетиўге бағышланған мәжилислерде, талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларында қатнасыўы, мүддетинен алдын даўыс бериўди өткериў ўақыты ҳәм орны ҳаққында хабардар болыўы ҳәм бул процессти бақлаўы мүмкин.
Буннан тысқары, мәжилис күн тәртибине муўапық халықаралық ҳәм сырт ел бақлаўшыларының гезектеги топарын аккредитациядан өткериў мәселеси көрип шығылды.
Соның ишинде, ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы, Азия Парламент Ассамлеясы, Араб Буғазы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси, ШБШ сыяқлы халықаралық шөлкемлерден, Малайзия, Мальдив, Армения, Әзербайжан, Филиппин, Грузия, Молдова, Пакистан, Түркия сыяқлы сырт ел орайлық сайлаў уйымларынан, Австрия, Армения, Беларусь, Уллы Британия, Белгия, Испания, Қазақстан, Корея, Латвия, Малайзия, Нидерландия, Әзербайжан, Польша, Саудия Арабстаны, Словакия, Тайланд, Франция, Япония ҳәм Ҳинстан сыяқлы сырт еллердиң мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, министрликлер, уйымлар, илимий-изертлеў институтларының жәми 109 ўәкили бақлаўшы статусында аккредитациядан өткерилди.
Ҳәзирги күнде аккредитациядан өткерилген халықаралық ҳәм сырт ел бақлаўшыларының саны 291ди қурамақта.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА