Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайы шөлкемлестирлгенине 50 жыл толды.

Усы мүнәсибет пенен бул орайда өткерилген илаж тиккелей Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында бой тиклеген академик Восит Ваҳидов естелигиниң салтанатлы ашылыў мәресими менен басланды

Буннан соң Орай шөлкемлестирилгениниң 50 жыллығына бағышланған халықаралық илимий-әмелий әнжуман өз жумысын баслады.

Илажда медицина тараўының илимпазлары, сенатор ҳәм депутатлар, елимиздиң жетекши хирурглери, тараў нуранийлери, болажақ шыпакерлер, орай топары, АҚШ, Россия, Қытай, Германия, Канада, Қазақстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерден келген мийманлар қатнасты.

Халықаралық әнжуман алдынан мәмлекетимиз басшысының Восит Ваҳидов атындағы Ресубликалық қәнигелестирилген хирургия орайы жәмәәтине жоллаған қутлықлаўын Президет баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында атап өтилгениндей, Өзбекстанда хирургия бойынша жетекши ҳәм арнаўлы орай есапланған бул орай көп миллетли, аўызбиршиликли жәмәәттиң пидәкерлик мийнети менен мәмлекетимиз денсаўлықты сақлаў системасында айрықша орын ийелеп келмекте. Аўыр кеселликлерден азап шегип атырған қаншама ўатанласларымыз көп ўақыт ҳәм қаржы есабынан сырт елдеги клиникаларға барыў азабынан қутылып, өзимизде емленбекте. Бундай нәтийжелерге ерисиўде мәмлекетимизде хирургия хызметин реформалаў, аймақларда оның сапасын арттырыў ҳәм көлемин кеңейтиў, орай ҳәм оның филиалларының материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў бағдарындағы жумыслар әҳмийетли фактор болмақта.

Илажда Президентимиздиң «Академик В. Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының 50 жыллығы мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерди сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, оған жақын  тараў пидайылары ҳәм жанкүйерлерине жоқары мәмлекетлик сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды. Сыйлықлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери Нурдинжон Исмоилов тәрепинен өз ийелерине тапсырылды.
















Әнжуман шеңберинде мәмлекетимизде хирургия тараўын избе-из раўажландырыўға айрықша үлес қосып киятырған бир топар сырт ел илимпазлары ҳәм елимиз шыпакерлерине “Ўзбекистон Республикаси соғлиқни сақлаш аълочиси“ көкирек белгиси тапсырылды.

Өз гезегинде, бир қатар сырт мәмлекетлердиң денсаўлықты сақлаў министрлери ҳәм жетекши медицина орайлары басшыларының конференция қатнасыўшыларына жоллаған видеоқутлықлаўлары көрсетилди.

Сондай-ақ, әнжуманда қатнасыў ушын Өзбекстанға келген сырт елли мийманлардың қутлықлаў сөзлери ҳәм баянатлары тыңланды.

ӨзА