Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң ўәкиллери Белгия Патшалығында шөлкемлестирилген «eNovation» жойбарының дәслепки мәжилисинде қатнасты.
Бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда «еНоватион-химиялық, биологиялық, радиологиялық, ядролық ҳәм жарылыў қәўипине ийе элементлер қәўипсизлиги тараўындағы инновациялар бойынша оқыў орайларының кеңейтилген тармағы» жойбарының мақсет ҳәм ўазыйпалары, режелестирилген илажлар, халықаралық илажлардың мағлыўматлары, оларды әмелге асырыў сәне ҳәм басқышлары, қаржыландырыў өзгешеликлери көрип шығылды.
Сондай-ақ, жойбар шериклери ҳәм потенциал университетлер арасында байланыс ҳәм оларды басқарыў стратегиялары додаланды.
Гулноза Бобоева, ӨзА