Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен Кәсиплик аўқамлары ағзалары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының  Жиззах ўәлаятының Зомин районына ҳәм Самарқанд қаласына саяхаты шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетимизде туризмди избе-из раўажландырыў перспективалары туризм объектлеринен нәтийжели пайдаланыў, көрсетилип атырған хызмет түрлериниң сапасын асырыў, елимизде дыққатқа ылайықлы орынларға саяхатшылардың санын көбейтиў бойынша бойынша қабыл етилген бир қатар қарарларда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўына көмеклесиў ҳәмде “Өзбекстан бойлап саяхат ет” сүрени астында ишки туризмди жәнеде раўажландырыўға айырықша итибар қаратылмақта.

-Байрамы мүнәсибети менен илаждың мақсети халқымыздыӊ ески тарийхы, бай мәденияты ҳәм бийбаҳа қәдириятларын өзинде айқын жәмлеген, ана табияты  менен  жақыннан таныстырыў, “Өзбекстан бойлап саяхат ет” сүрени астында ишки туризмди буннан былайда раўажландырыўдан ибарат,-дейди Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Жеңисбай Аяпов.- Басланғыш кәсиплик аўқамлары менен биргеликте мәденият,  спорт  ҳәм туризм  мәкемелериндеги ислеўши 50  хызметкер хәм олардың шаңарақ ағзалары  Жиззах ўәлаятының Зомин районы  ҳәм Самарқанд ўәлаятының дыққатқа ылайықлы ҳәм зыярат орынларында болды.Президентимиз тәрепиннен туризм тараўын раўажландырыўда қаратылып атырған кеўли толған тараўда ислеўши хызметкерлер, нураныйлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының кеўиллери толып, бундай саяхатларды еледе көбирек  шөлкемлестириўин  сорап қалмақта.

Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң тәрепинен байрам мүнәсибети менен  ғалаба хабар қураллары, мәденият,  спорт  ҳәм туризм тараўлдарында узақ жыллар мийнет етип, бүгинги күни ҳүрметли дем алыстағы  нуранийлардың, майыплығы болған шахслардың, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларының ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға саўғалар тапсырылды. Бундай қайырқомлық илажлары алдағы ўақытлары да даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги