Өзбекстанның Франциядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодир Ғаниев кеше Франция Президенти Эммануэль Макронға исеним жарлығын тапсырды.
Усы мүнәсибет пенен болып өткен сәўбет даўамында мәмлекет басшысы өткен жылы Самарқандқа әмелге асырған сапарын жылылық пенен еследи.
52 жасар Нодир Ғаниев Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) шығыстаныў факультетин питкерген. 1994-жылдан берли Сыртқы ислер министрлиги системасында жумыс ислеп келмекте. Дәслеп орайлық аппаратта, соң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларымызда түрли лаўазымларда хызмет еткен.
Атап айтқанда, Европа мәмлекетлери ҳәм ЕА институтлары менен бирге ислесиў басқармасының басшысы сыпатында жумыс алып барған.
Парижге барыўдан алдын дәслеп Өзбекстанның Швециядағы ўақытша ислер ўәкили, 2023-жыл октябрь айында болса биринши Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси еди. Стокгольмдағы елшиханамыз 2023-жылы ашылған.
Мәмлекетимиздиң Франциядағы дипломатиялық миссиясының алдынғы басшысы Сардор Рустамбоев январь айында Ҳиндстанға елши етип тайынланған.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА