Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев БМШтың Нәшебентлик ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Аўғанстан, Орайлық Азия, Иран ҳәм Пакистан бойынша жаңадан тайынланған регионаллық ўәкили Оливер Штоле менен ушырасты.

Конструктивлик сөйлесиў даўамында бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны және де кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарларын додалады.

Атап айтқанда, тәреплер кибержынаятшылық, коррупция ҳәм шөлкемлескен жынаятшылықтың басқа түрлерине қарсы гүресиў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирди.

Ушырасыўда усы қарым-қатнас ҳуқықый тараўдағы еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге түртки беретуғыны айрықша атап өтилди.

Н.Абдураимова, ӨзА