Мәмлекетимиздиң күн шығыс журтындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Муҳсинхўжа Абдураҳмонов Япония парламенти Ўәкиллери палатасы депутаты Ясутака Накасоне, ҳүкимдар Либерал-демократиялық партия Жаслар бюросы директоры Такако Сузуки ҳәм Өзбекстан менен дослық лигасы атқарыў комитети баслығының орынбасары Хажиме Сасаки менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында өз-ара қатнасықтың ҳәзирги жағдайы ҳәм байланысларды және де раўажландырыў перспективасы көрип шығылды, парламентлер арасында шериклик көлемин кеңейтиў мәселеси додаланды.

Атап айтқанда, парламентлераралық бирге ислесиў тийкарғы бағдарлардан бири екени атап өтилди. Биргеликтеги көп тәреплемели ис-ҳәрекетлерди жеделлестириўде парламент имканиятларынан кеңнен ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша толық пикир алысылды.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА