Нызамға шолыў

Ҳәзирги күнде мәмлекетимиз халқының саны жылдан-жылға көбейип бармақта. Бул болса пуқаралардың турақ жайға болған мүтәжликлерин де арттырады. Демек, халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарындағы әмелий ҳәрекетлерди және де жеделлестириў, пуқараларға жеңилликлер бериў керек болады.

Жақында парламенттиң төменги палатасы тәрепинен қабыл етилген «Ипотека кредити базарының раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам арзан турақ жайларға болған талапларды қанаатландырыў ҳәм қолайлықлар жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Бул нызамда нәзерде тутылып атырған норма ҳәм жаңалықлар ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты ӨзЛиДеп фракциясының ағзасы Адҳам Назирқулов төмендегилерди айтып берди:

– Ипотека кредити базарын кеңейтиўге қаратылған «Ипотека кредити базарының раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен әмелдеги 3 нызамға – «Ипотека ҳаққында»ғы,  «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы ҳәм «Төлемге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Бизге белгили, халықтың турақ жайға болған мүтәжлиги ҳәм талабы жылдан-жылға артып бармақта. Пуқараларға тийкарынан ипотека кредитлери тийкарында турақ жайлар берилмекте. Халыққа ипотека кредитлери тийкарында турақ жай бериў ушын болса банклерге жетерли ресурс керек. Бул ресурслар қай жерден алынады! Бл ресурслар, биринши гезекте, мәмлекетлик бюджет ҳәм банклердиң өз қаржылары есабынан, соның менен бирге, Азия раўажланыў банкинен тартылған қаржылар есабынан, соның менен бирге, Азия раўажланыў банкинен тартылған қаржылар есабынан ажыратылмақта.

Бул нызам менен гиреў хатын рәсмийлестириў арқалы ресурслар тартыў нәзерде тутылмақта. Онда ипотека кредитин алған шахсқа қосымша миннетлемелер жүкленбейди. Тек ғана төлемди қабыл етиўши шахс өзгереди. Банклер гиреў хатын тәмийнатшы сыпатында алып турып, қосымша қаржылар тартыў имканиятына ийе болады.

Гиреў хаты деген не? Банклер берген кредитлерин басқа шахсларға актив сыпатында сатады ҳәм гиреў хатын алады. Бул гиреў хаты арқалы қосымша қаржы тартылады. Гиреў хатының онлайн түрде рәсмийлестирилиўи болса артықша әўерегершиликлердиң алдын алады.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи арзан турақ жайларға болған талапларды қанаатландырыў, гиреў хатын рәсмийлестириў, оны бериў, ипотека кредитин қайта қаржыландырыў процесин әпиўайыластырыў ҳәм өзине түсер баҳасын азайтыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, кредит алыўшыларға жеңилликлер береди, коммерциялық банклердиң ипотека кредитин ажыратыў имканиятларын кеңейтеди.

Муҳтарама Комилова жазып алды.

ӨзА