Хабар берип өткенимиздей, пайтахтымызда контр коррупция тараўында Халықаралық медиа форум шөлкемлестирилди. Бул арнаўлы әнжуманды өткериў басламасын Президентимиз коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жоқары халықаралық сыйлық пенен сыйлықлаў мәресиминде алға қойған еди.

Форумның ашылыўында сөзге шыққан Германияның Өзбекстандағы елшиханасы миссия баслығының орынбасары ҳәм бирге ислесиў бөлиминиң басшысы, доктор Михаэль Виммер тараўда әмелге асырылған жумыслар, реформа процесинде журналист ҳәм блогерлердиң орны ҳаққында пикир билдирди:

-Биз Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен жақсы ислесип атырғанымыздан миннетдармыз. Европа Аўқамы, Германияның Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў федерал министрлиги ҳәм GIZ жәрдеминде әмелге асырылып атырған «Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўды жақсылаў- инклюзив коррупция профилактикасы» жойбары мәмлекетлик уйымларда ҳадаллықты беккемлеў, бул иллетке пүткиллей  тақатсызлық мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған.

Ҳәзирги процессте ғалаба хабар қураллары қәнигелери, пуқаралық жәмийети ўәкиллери ҳәм белсендилердиң потенциалын арттырыў да тийкарғы мақсет сыпатында белгиленген. Коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиў пуқаралардың хабардарлығын ҳәм жәмийетшиликтиң белсендилигин арттырыўға да тиккелей байланыслы.

ҒХҚ хызметкерлери ҳәм журналистлер ушын коррупция жағдайларын тексериў ҳәм сәўлелендириў, сондай-ақ қурамалы жумыс орталығында нәтийжели ҳәрекетлениў ушын зәрүр қурал, билимлерден пайдаланыў оғада үлкен әҳмийетке ийе.

ӨзА