“Euronews”, “DW” сыяқлы Европа континентиниң бир қатар жетекши басылымлары усы күнлерде тийкарғы итибарын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавакт Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Германия Федеративлик Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольц рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келгенине қаратпақта.
Мақалаларда мәмлекетимиз басшысы мырза Шольцти Регистан майданында күтип алғаны, жоқары мәртебели мийман елимиздиң тийкарғы тымсалларынан бири, ата-бабаларымыздың дөретиўшилик потенциалының көриниси – ЮНЕСКО Дүнья мийрасы дизимине киргизилген дүньяға белгили комплекс қурамындағы Мырза Улығбек, Шердар ҳәм Тиллакори медреселери менен таныстырылғаны, усы өзине тартымлы мәдений объектлеримиз өзиниң салаўаты, бай тарийхы ҳәм бийтәкирар архитектурасы менен ГФР делегациясы ағзаларында терең тәсирлер қалдырғаны атап өтилген.
Самарқандта рәсмий күтип алыў мәресими болып өткени, Конгресс орайы алындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартып, Президент Шавкат Мирзиёев Федерал Канцлерди минберге мирәт еткенине айрықша атап өтилген.
Әййемги ҳәм ҳәмийше нәўқыран қалада өткен нәтийжели сөйлесиўлер жуўмағында Биргеликтеги декларация қабыл етилгени, рәсмий сапар шеңберинде 8 ҳүжжет, атап айтқанда, Миграция ҳәм мобильлик тараўында ҳәр тәреплеме шериклик ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимге қол қойығаны атап өтилген. Миграция тараўына тийисли бул келисим маман өзбек жумысшыларының Германияға барыўын аңсатластыатуғынын нәзерде тутады.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА