Жақында Өзбекстанның «Өзавиация» агентлиги ҳәм «Қазақстан авиация ҳәкимшилиги» АЖ басшылары арасында ушырасыў болып өтти.

Онда Армения, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан, Монголия, Молдава, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның қатнасыўында «Евроазия Пуқаралық авиациясы конференциясы»н (ЕАСАС – EuraAsian Civil Aviation Conference)

 шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги баслама, сондай-ақ, пәрўазлар қәўипсизлиги мәселелери бойынша уйымлар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

«Пуқаралық авиацияның Евроазия конференциясы» авиация тараўында ҳәр бир мәмлекет уйымлары арасындағы бирге ислнесиў концепциясын белгилейтуғын платформа есапланады.

Дәслепки басқышта ЕАСАС рәсмий емес уйымлараралық техникалық шөлкем болып, авиация ҳәкимшиликлери арасындағы өз-ара бирге ислесиўдиң келешектеги концепциясын додалаў ҳәм биргеликтеги қарарлар қабыллаў имканиятын береди.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер «Евроазия Пуқаралық авиациясы конференциясы – ЕАСАС»ты  шөлкемлестириў басламасы ҳаққындағы ҳүжжетке қол қойды.

ӨзА