Бизге белгили, усы ҳәптеде Қытай Халық Республикасы пайтахты Пекин қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық контртеррор структурасы Кеңесиниң 42-мәжилиси болып өтти. Бул ири әнжуман шеңберинде ШБШға ағза мәмлекетлер делегациялары басшылары ҚХР Мәмлекетлик Кеңеси ағзасы, жәмийетлик қәўипсизлик министри Ван Сяохун менен ушырасты.
Сөйлесиў даўамында жоқары мәртебели жуўапкердиң атап өтиўинше, Қытай структураға ағза мәмлекетлер басшылары ерискен әҳмийетли келисимлерди толық әмелге асырыў, атап айтқанда, глобал қәўипсизлик басламасын алға қойыў, «Шанхай руўхы»н үгит-нәсиятлаў, кибер қәўипсизликти тәмиийнлеў, үш жаўыз күш – терроризм, экстремизм ҳәм сепаратизмге қарсы гүресиўде әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў ушын барлық тәреплер менен избе-из ислесиўге таяр.
Сондай-ақ, ол ҳәммени ШБШтың ҳуқық қорғаў ҳәм қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўин жаңа басқышқа алып шығыў, барлық ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлиги ҳәм раўажланыўы ушын улыўма мәплерди және де нәтийжели қорғаў, регионаллық тынышлықты сақлаў ҳәм пүткил инсанияттың бирден-бир тәғдирине байланыслы қәўипсиз жәмийет қурыў жолында бирлестириўге шақырды.
М.Сайфуллаев, ӨзА