Өзбекстан ҳәм Түркия Республикалары Президентлери арасында ерисилген келисимлерге муўапық, усы жылдың 12-cентябрь күни Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Қәўипсизлик хызмети аппаратында МҚХ баслығы Абдусалом Азизов Иброҳим Қалин басшылығындағы Түркия Миллий разведка шөлкеминиң делегациясын қабыллады.

Ушырасыў даўамында қәўипсизлик тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери, атап айтқанда, терроризм ҳәм экстремизм, нызамсыз миграция, шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў, терроршылық жумысына байланыслы болған излеўдеги шахсларды услаў ҳәм депортациялаў мәселелери додаланды.

Түркия делегациясының сапары еки мәмлекет арасындағы жоқары дәрежедеги сиясий байланыслар жедел раўажланып атырған бир шараятта болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Түркия туўысқан мәмлекетлер сыпатында заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мәселелеринде анық позицияға ийе.

Ҳәзирги ўақытта тек ғана биргеликтеги ҳәрекетлер ҳәм әмелий бирге ислесиў мәмлекетлеримизди терроризм ҳәм экстремизмниң ҳәр қандай көринислеринен қорғай алатуғынын атап өтиў орынлы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги