Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси етип тайынланған Тойво Клаар ўазыйпасын орынлаўға киристи. Бул ҳаққында структураның мәмлекетимиздеги делегациясы сайтында хабар берилди.

Елши менен ушырасыў өткерген сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов дипломаттан исеним жарлығының нусқасын қабыл етип алды.

– Сөйлесиў күн тәртибинен бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм басқа әҳмийетли глобал мәселелер орын алды, – деди Б.Саидов. – Исенимимиз кәмил, елши мырзаның тәжирийбеси ҳәм регионымыз бойынша терең билими дипломатиялық миссиясы нәтийжели өтиўине хызмет етеди.

Соңғы жети жылда Тойво Клаар ЕАның Қубла Кавказ ҳәм Грузиядағы дағдарыс бойынша арнаўлы ўәкили лаўазымында жумыс ислеген. Ол Гарвард университетинде оқыған, Жон Кеннеди атындағы Мәмлекетлик басқарыў мектебинде магистр дәрежесин алған.

Еслетип өтемиз, 2021-жылдың мартында Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси лаўазымында жумыс ислеп келген Шарлотта Адриан июль айында дипломатиялық миссиясын жуўмақлады.

Б.Худойбердиев, ӨзА