Минск қаласында “Беларусь транспорт ҳәптелиги-2024” халықаралық қәнигелестирилген форумы даўам етпекте.
Әнжуман шеңберинде өткерилген «Евроазия транспорты ҳәм логистикасы: жаңа имканиятлар» темасындағы жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы транспорт министриниң орынбасары Илҳомжон Абдуғаффоров регионлар ҳәм мәмлекетлер аралық байланысты беккемлеў мәселесине итибар қаратты. Транспорт-логистика тараўындағы жумыстың әҳмийетли бөлеги сыпатында, әсиресе, процесс жөнелислерди диверсификациялаў арқалы бәсекиге шыдамлылықты арттырыў бойынша мәмлекетлеримиз алға қойып атырған мақсетлерге толық жуўап беретуғынын атап өтти.
– Ҳәзирги басқышта халықаралық мультимодал транспорт коридорларын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылған, өз-ара муўапықластырылған режелерди әмелге асырыў жумысымыздың әҳмийетли бағдары сыпатында белгиленген, – деди мәмлекетимиз ўәкили.
Ш.Маматуропова, ӨзА