Өзбекстан ҳәм Қубла Корея Президентлериниң сиясий ерк-ықрары себепли еки мәмлекеттиң узақ жыллық бирге ислесиўи стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.

Бул Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Корея Республикасының Халықаралық бирге ислесиў агентлиги  президенти Чанг Вон Сам басшылығындағы делегация ушырасыўында атап өтилди.

Өз-ара қатнасықлардың раўажланыўы ҳәм беккемлениўинде Корея Республикасының халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң орны айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында келешекте де билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларында, суў ресурсларын басқарыў ҳәм инвестицияларды тартыўға қаратылған бағдарламаларды даўам еттириў бойынша пикир алысылды.

Сондай-ақ, парламент жумысында мәлимлемелестириў системасын және де раўажландырыў мақсетинде агентлик пенен бирге ислесиў протоколына қол қойылды.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы