Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди бүгинги абырайлы әнжуман – Халықаралық тоқымашылық ислеп шығарыўшылары федерациясы ҳәм Халықаралық кийим-кеншек федерациясының биргеликтеги конференциясының ашылыўы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Бул биргеликтеги конференция Өзбекстанда биринши мәрте өткерилип атырғаны ушын Халықаралық тоқымашылық өндирисшилери федерациясы президенти Кей Ви Шринавасан ҳәм Халықаралық кийим-кеншек федерациясы президенти Чем Алтан мырзаға айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Бул әнжуманда қатнасып атырған тараўдың жоқары мәртебели ўәкиллерине, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшыларына да миннетдаршылық билдиремен.
Әййемги уллы жипек жолы дүрданасы, уста өнерментлер ели болған гөззал Самарқанд қаласына хош келдиңиз!
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Биз кейинги жыллары мәмлекетимизде инвестиция ҳәм бизнес орталығын пүткиллей жақсылаў, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында исенимли қәдемлер тасладық.
Ҳәр бир тараў ҳәм тармақта болғаны сыяқлы, тоқымашылық ҳәм кийим-кеншек санаатында да кең көлемли реформаларды әмелге асырмақтамыз.
Бәринен бурын, пахта жетистириўде мәмлекет монополиясы сапластырылды, шийки заттан таяр өнимге шекемги процессти толық қамтып алған кластер системасы жаратылды ҳәм басқышпа-басқыш жетилистирип барылмақта.
Тараўдағы реформаларымыз абырайлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен тән алынып, Өзбекстанға «пахта бойкоты» бийкар етилди. Бул бағдарда «Cotton Campaign» халықаралық коалициясы менен бирге ислесиўимиз даўам еттирилмекте.
Соның менен бирге, турақлы нызамшылық базасының жаратылғаны, инвестициялық орталық жақсыланғаны, жаңа технологиялар енгизилгени нәтийжесинде пахта талшығын қайта ислеў 2017-жылдағы 40 проценттен 100 процентке жетти. Ҳәзирги ўақытта шеттен талшық ҳәм шийки зат алып келип, жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер ислеп шығарыў бағдарындағы ислер де басланды.
Тараўда жаратылған имканиятлар себепли тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 5 есеге көбейди, олардың экспорты 4 есеге артты.
Ең әҳмийетлиси, алдын тараўда экспорттың салмақлы бөлеги, яғный 70 проценти шийки зат үлесине туўра келген болса, ҳәзирги күнде шетке сатылып атырған товарлардың 60 процентин таяр өнимлер қурамақта.
Биз реформаларды баслаған биринши дәўирде-ақ инсан капиталын раўажландырыў, халық, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсипке үйретиў, барлық тараўлар ушын маман кадрлар таярлаўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп алдық ҳәм бул мәселелер буннан былай да дыққатымыз орайында болады.
Кәрханалардағы жумысшылар ушын халықаралық талапларға жуўап беретуғын мүнәсип мийнет шараятлары жаратылмақта, «Better Work» ҳәм «Better Cotton» бағдарламалары системалы енгизилмекте.
Тараўда бәнт болған 600 мыңнан аслам халықтың мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Сондай-ақ, тоқымашылық тараўында миллий брендлерди жаратыў, елимизге абырайлы халықаралық ҳәм сырт ел брендлерин тартыў бойынша исенимли илажлар көрилмекте.
Мәмлекетимизде Германияның «Timdres», Италияның «Kotonella», Сингапурдың «Indorama», Кореяның «Posko Interneyshnl» ҳәм «Yang-van» компаниялары сыяқлы дүнья базарының абырайлы қатнасыўшылары нәтийжели жумыс алып бармақта.
Өзбекстан тоқымашылық санааты дүньядағы өндирис процесслерине жедел интеграцияланып, дүньяның барлық континентлеринде исенимли бирге ислесиўшилеримиз көбеймекте.
Сырт ел инвесторлары ҳәм халықаралық брендлер менен узақ мүддетли бирге ислесиў бойынша, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў, миллий брендерлерди халықаралық дәрежеге алып шығыў – келешекте де тоқымашылық санаатындағы тийкарғы бағдарларымыз болып қалатуғынын атап өтиў керек.
Бүгинги конференция усы тараўда өз-ара бирге ислесиўди халықаралық көлемде және де жоқарылатыў ҳәм беккемлеў, алдыңғы тәжирийбе ҳәм идеялар менен алмасыў ушын нәтийжели платформа болып хызмет ететуғынына исенемен.
Бул болса, әнжуманда қатнасып атырған 500 ден аслам миллий ҳәм халықаралық шөлкемлер, ислеп шығарыўшылар ҳәм «riteyl» компанияларының ўәкиллери арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтип, тараўдың раўажланыўын жаңа сапа басқышына алып шығыў имканиятын береди, деп үмит етемен.
Биз сырт елли бирге ислесиўшилеримиздиң өз-ара пайдалы барлық басламаларын жоқары баҳалаймыз ҳәм қоллап-қуўатлаймыз. Соның ишинде, халықаралық брендлер Өзбекстанға кирип келиўи ушын зәрүр стандартларды енгизиўде ҳәр тәреплеме жәрдемлесемиз.
Абырайлы халықаралық шөлкемлерге конференция, көргизбе, мода таныстырыўларын елимизде, әсиресе, туризм ҳәм санаат потенциалы жоқары болған Бухара, Хийўа, Шаҳрисабз, Марғылан, Қоқанд, Наманган, Әндижан қалаларында турақлы өткерип барыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериўге таярмыз.
Елимиздиң әййемги тарийхы, бай мәдений мийрасы, мийнеткеш ҳәм уллы мәртебели халқымыз бенен ушырасыўлар сизлерде умытылмас тәсирлер қалдыратуғынына, аймақларымыздың үлкен социаллық–экономикалық потенциалы болса, инвесторларды жаңадан-жаңа жойбарларды әмелге асырыўға ийтермелейтуғынына исенемен.
Сизлерди бүгин өз жумысын баслап атырған ири әнжуман менен және бир мәрте қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, конференция жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти