QNA мәлимлеме агентлиги Ташкетте Өзбекстан ҳәм Қатар Миллий китапханалары өз-ара бирге ислесиўге байланыслы келисим меморандумына қол қойғаны ҳаққында мақала жәриялады.

Мәдений, техникалық ҳәм илимий тараўларда биргеликтеги басламалар ушын тийкар жарататуғын бул ҳүжжет бирге ислесиўде китапхана хызметин раўажландырыў, сондай-ақ еки мәмлекетти бирлестирген бай ислам мәдений мийрасын қәстерлеп, келешек әўладларға жеткериўге қаратылған ҳәрекетлерди муўапықластырады.

-Биз еки мәмлекетке хызмет етиўши инновациялық жойбар ҳәм басламаларды биргеликте алға қойыўға умтыламыз,-деди Қатар Миллий китапханасының атқарыўшы директоры Хосум Тан ханым.- Мәмлекетлер ҳәм дүнья жәмийетшилиги алдыңғы китапхана хызметин турақлы түрде жетилистириў арқалы билимлерди глобаллық көлемде тарқатыўға жәрдем бериўши, улыўмалық мәдений мийрасты және де тереңирек аңлаўға хызмет ететуғын жойбарларды әмелге асырады.

Мәкеме басшысы доктор Ҳамад Ал-Куварий республикамыздың бай мәдений мирасы, Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы ески қалалары, Имам Бухарий, Имам Ат-Термизий сыяқлы уллы уламалардың Ислам цивилизациясы тарийхында тутқан орны  араб халықлары тәрепинен жоқары қәдирлениўин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Шайха Моза бинт Носир Ал-Миснад басламасы менен сийрек ушырасатуғын архитектуралық үлги тийкарында 2018-жыл қурылған бул китапхана ең заманагөй технологиялар жәрдеминде жумыс алып барады.

Гезектеги келисим Қатар Миллий китапханасы мәмлекетимиз бенен шерикликте ислам мийрасын қәстерлеп-сақлаў ҳә тарқатыў жолында алып барып атырған ис-ҳәрекетлериниң логикалық даўамы болып есапланады. Бул орай 2022-жыл Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы менен де өз-ара аңласыў Меморандумына қол қойған.

ӨзА