Бизге белгили, оқыў орны ҳәкимшилигиниң басшылығы менен студентти оқыўдан шетлетиў студентлер кәсиплик аўқамының пикири тийкарында әмелге асырылады.
Қандай жағдайларда студент студентлер қатарынан шетлетилиўи мүмкин екенлиги бойынша сораўға Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының басшысы Отабек Нарзиев жуўап берди.
– Студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетилиўи мүмкин. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 393-санлы қарары 3-қосымшасы менен тастыйықланған «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққында»ғы Реже тийкарында, өзиниң қәлеўи менен , оқыўдың басқа билимлендириў мәкемесине көширилиўи мүнәсибети менен , оқыў нормативин ҳәм жоқары билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртип-қағыйдалары және әдеп-икрамлылық қағыйдаларын бузғаны ушын бир семестр даўамында сабақларды кеширимли себеплерсиз 74 сааттан аслам қалдырғаны себепли студент студентлер қатарынан шетлетилиўи мүмкин.
Сондай-ақ, оқыў ушын белгиленген төлем өз ўақтында әмелге асырылмағанлығы себепли (төлемли-контракт бойынша оқып атырғанлар ушын), студент суд тәрепинен еркинен айырылғаны ушын, суд қарарына бола кириў имтиханларында белгиленген тәртипти бузғаны анықланған сыяқлы жағдайларда да студентлер қатарынан шетлетилгенлер студентлер қатарына қайта тикленбейди.
Әскерий хызметти өтеў, саламтлығын тиклеў, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, сондай-ақ, балаларды тәрбиялаў дем алыслары дәўиринде және шаңарағының наўқас ағзасын, соның ишинде, әкеси, анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахслар, өмирлик жолдасы, перзентин тәрбиялаў ушын студентке Минитсрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте академиялық дем алыс берилиўи мүмкин.
Гулноза Бобоева, ӨзА