Өзбекстанның билимлендириў системасын интеграциялаў заман талабы болып табылады ҳәм бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардың көлеми кеңеймекте.
Парижде болып өтип атырған Санлы билимлендириў ҳәптелиги шеңберинде Санлы технологиялар министрлиги делегациясы ЮНЕСКО Бас директорының билимлендириў бойынша жәрдемшиси Стефания Жаннини менен ушырасты.
Онда Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы санлы билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды, делинеди Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги мағлыўматында.
Стефания Жаннини Өзбекстандағы санлы өзгерислер, атап айтқанда, онлайн билимлендириў, санлы саўатлылық ҳәм педагоглардың маманлығын арттырыў тараўларына байланыслы кең көлемли реформаларды атап өтти.
Санлы технологиялар министриниң орынбасары Рустам Каримжонов мәмлекетте санлы билимлендириў орталығын раўажландырыў ҳәм тараўларды санластырыўда Өзбекстан ЮНЕСКОның турақлы тығыз бирге ислесиўшиси екенин атап өтти.
«ЮНEСКО менен бирге ислесиўиимиз басқа мәмлекетлер ушын үлги бола алатуғын дәрежеде жақын. Бул бизге мәмлекетте кең көлемли санлы билимлендириў системасын раўажландырыў ушын зәрүр жәрдем ҳәм билимлерди көрсететуғынына исенемиз», деди министрдиң орынбасары.
Стефания Жаннини Өзбекстанның билимлендириў имканиятын ҳәм сапасын арттырыў бойынша санлы технологияларды қолланыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерди жоқары баҳалады. Ол Өзбекстанның стратегиялық итибар ҳәм технологияға инвестицияларды есапқа алған ҳалда, санлы билимлендириў бойынша регионаллық жетекшиге айланыў потенциалын атап өтти.
Мағлыўматта ЮНЕСКО Өзбекстан менен санлы билимлендириў орталығын жаратыўда бирге ислесиўге таяр екени келтириледи.
А.РУСТАМОВ, ӨзА