Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) ниң Мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы ҳәм өндирис орталығы ҳаққындағы 155-санлы Конвенциясын (Женева, 1981-жыл 22-июнь) ратификациялаўы режелестирилген.
Бул конвенция барлық экономикалық жумыс тараўларын өз ишине алып, мәмлекетлик хызметте ислеўшилер, жалланба ислеўшилер, тиккелей яки тиккелей емес жумыс бериўшиниң қадағалаўы астында болған жумысшы ҳәм хызметкерлерге енгизиледи.
Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети мәжилисинде усы ҳаққында сөз етилди.
Конвенцияда мийнет етиў процеси ҳәм өндирис орталығында мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын тәмийинлеў, соның менен бир қататрда, жумыс орнында яки жумыс ўақтында жумысшы ҳәм хызметкерлердиң денсаўлығына зыян жетиўине байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселер яки қәўиплердиң алдын алыўға қаратылған талапларды және де күшейтиў нәзерде тутылған.
Буннын тысқары, халықаралық ҳүжжетте мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын тәмийинлеў, өндирис орталығын жақсылаў бойынша миллий дәрежедеги илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мәселелери сәўлелендирилген.
Конвенцияның ратификацияланыўы миллий нызамшылықты және де жетилистириўге, ХМШ ҳүжжетлеринде белгиленген мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасына тийисли нормаларды жетилистириўге қолайлы орталық жаратады.
Сондай-ақ, өндириспроцесинде бахытсыз ҳәдийселер, кәсиплик кесеслликлер, жумыс ўақтында жүзеге келиўи мүмкин болған унамсыз ақыбетлердиң алдын алыўға қаратылған халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўге хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА