Таиландта Азия суд экспертиза тармағы (AFSN)ның 16-жалпы мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстандағы Хадича Сулайманова атындағы Республикалық суд-экспертиза орайы хызметкерлери де қатнасты.

Илажда суд-экспертиза технологиялары ҳәм олардың келешектеги орны, суд-экспертиза изертлеўлери нәшебетлик затларды таллаў машқалалары, ДНК ҳәм инсан ҳуқықлары, Азия мәмлекетлеринде нызамшылық шеңберинде ДНК мағлыўматлар базаларын кеңейтиў мәселелери, суд экспертизасында дәлиллердиң қунлылығын баҳалаў шеңберинде ҳәм AFSN тәрепинен өткен жыллар даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм машқалалар бойынша пикир алысылды.

Соның менен бирге, AFSN президентлигине Малайзия Илим, технология ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Химия департаменти Сапа менеджменти ҳәм иезртлеў орайы басшысы Нор Аидора Бинти Саэдон ханым сайланды. Сондай-ақ, орайдың хызметкер ҳәм экспертлери AFSNның 9 қәнегелестирилген жумысшы топары ҳәм 1 комитети қурамына киргизилди ҳәм тастыйықланды.

Мәжилис шеңберинде AFSN басқарыў кеңеси президенти, Филиппин Миллий полициясы суд-экспертиза топары (Philippine National Police Forensic Group) басшысы ҳәм басқа бир қатар сырт ел шөлкеми ўәкиллери менен ушырасыўлар болып өтти.

Ушырасыўларда Өзбекстанда суд-экспертизасы жумысында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм ерисилген нәтийжелер ҳаққында мәлимлеме берилип, суд-экспертизасы мәкемелери арасында тараўда кең көлемли бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Н.Абдураимова, ӨзА