Бирлескен Араб Әмирликлери мәлимлеме агетлиги “WAM”ның хабар бериўинше, Шаржа Саўда-санаат палатасы директорлар кеңеси баслығы Абдуллоҳ Султон Ал-Увайс ҳәм мәмлекетимиздиң БАӘдеги Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Абдулазиз Аққулов арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў даўамында инвестиция ҳәм саўда миссиялары алмасыўын көбейтиў арқалы Шаржа Әмирлиги ҳәм Өзбекстан исбилерменлер топары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, өз-ара имканиятларды үйрениў мақсетинде биргеликтеги илажлар, форумлар өткериў мәселеси додаланды.

Товар алмасыўды кеңейтиў, өз-ара байланыс механизмин ислеп шығыў жоллары көрип шығылды.

Республикамыз делегациясы Шаржа қаласында өткерилетуғын гезектеги Жақын Шығыс саатлары ҳәм зергерлик буйымлары көргизбеси ҳәм Аспазлық көргизбесине мирәт етилди.

Абдуллоҳ Султон Ал-Увайс экономикалық қатнасықлар беккемленип, өз-ара саўда көрсеткиши соңғы жыллары сезилерли өскенин жоқары баҳалады. Бул жағдай байланысларды және де раўажландырыўға түртки болады.

Сондай-ақ, Өзбекстан БАӘниң Орайлық Азиядағы әҳмийетли бирге ислесиўшиси екени, Шаржа палатасы болса еки мәмлекет арасындағы саўда ҳәм инвестиция байланысларын беккемлеў, исбилермен топарларға қосымша имканиятлар жаратыўдан мәпдар екени атап өтилди.

Делегациямыз ўәкиллери усы мәмлекеттиң турмыслық әҳмийетке ийе тараўларға инвестиция киргизиўди хошаметлеўге турақлы умтылысын жоқары баҳалады.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА